Ислам дини инсанларды өз-ара меҳир-муҳаббатлы, татыў ҳәм бир-бири менен бәрқулла аўызбиршиликли болып жасаўға буйырады. Адамлар арасындағы қатнасықларды дүзеў, кеўилдеги кек ҳәм душпанлықты жоқ қылыўға қатты итибар бериў – уллы ислерден ҳәм уллы ибадатлардан бири. Өйткени, Аллаҳ таала Қураны кәриймде мынандай деген:
«Енди Аллаҳтан қорқың ҳәм араларыңызды дүзетиң!» (Анфал сүреси, 1-аят).
Усы аяты кәриймада Аллаҳ таала бизди тақўашыл болыўы менен бирге, араларымызды бәрқулла дүзеўге шақырып атыр. Демек, усы аяты кәриймадан да адамлар арасын дүзеў, бир-бири менен араз[1]ласып жүргенлерди жарастырыў қәншелли зәрүр ҳәм әҳмийетли екени мәлим болады.
Соның ушын да динимиз бизлерди өз-ара кеңпейил, кеширимли болып жасаўға шақырады. Бул жөнинде Аллаҳ таала Қураны кәриймде мынандай деген:
«Ким әпиў етип (араны) жақсыласа, енди оның сыйлығы Аллаҳға (Аллаҳ береди). Әлбетте, Ол залымларды жақсы көрмейди» (Шуўро сүреси, 40-аят).
Еки жәнжеллескен адам бир-бири менен сөйлеспей, аразласып жүриўи өзине ҳәм жәмийетке үлкен зыян болып қалмай, бундай кимселер гүналар кеширилетуғын орынлардан бос қалады. Бул ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген:
«Жәннет есиклери дүйшемби ҳәм пийшемби күнлери ашылады. Аллаҳ таала Өзине ширк келтирмеген ҳәр бир бендени мәғфират етеди. Тек бирадары менен арасында кеги, душпанлығы болған адамлар ғана мәғфират қылынбайды. Сол гезде (периштелерге): «Бул екеўи жарасаман дегенше күтип турың! Бул екеўи жарасаман дегенше күтип турың! Бул екеўи жарасаман дегенше күтип турың!» – делинеди» (Имам Мүслим рәўияты).
Демек, өз-ара жәнжеллесип жүрген адамлар араларын дүзеп, жарасып алмағанша гүналары кеширилмеўи усы ҳәдиси шәрийфтен мәлим болып атыр.
Соның ушын да Нәбий алайҳиссәләм мынандай деген:
«Сизлерге намаз, ораза ҳәм садақадан да абзалырақ әмелдиң хабарын берейинбе?». Сонда саҳабалар: «Аўа», – деди. Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Араны дүзеў», – деди» (Имам Термизий рәўияты).
Намаз оқыў яки ораза тутыў ең үлкен саўаплы әмеллерден екени бәримизге мәлим. Усы ҳәдисте адамлар арасын дүзеў намаз ҳәм оразаға берилетуғын әжир-саўаптан да абзал екени баян етилип атыр.
Бир шаңарақтың ажырасыўы шайтанды қуўандыратуғын ең үлкен нәрсе. Себеби, бир ғана шаңарақ ажырасыўы себепли ерли-зайып тәрептеги бир қанша адамлардың арасы бузылады, перзентлер сергиздан болады. Нәтийжеде жүзлеген адамлар арасына душпанлық түседи. Буны ескерип, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген:
«Иблис (шайтанлардың үлкени) өзиниң тахтын суўдың үстине қояды. Кейин ол өзиниң шериклерин (адамларды жолдан азғырып, түрли гүналар қылдырыў ушын) жибереди. Олардың ишинде иблиске ең жақын болғаны – фитнасы ең үлкен болғаны болады. Шериклеринен бири келип: «Мен пәлен исти қылдым» дейди. Иблис оған: «Ҳеш нәрсе қылмағансаң», дейди. Кейин басқасы келип: «Мен пәленшени шаңарағы менен ажырастырдым», – дейди. Сонда иблис оны өзине жақынластырады ҳәм: «Сен расында да жақсы ис қылдың», – дейди» (Имам Мүслим рәўияты).
Демек, дөгерегимизде тартыслы шаңарақлардан хабар тапсақ, итибарсыз болмай, ерли-зайыплының арасын дүзеп, жарастыратуғын болсақ, көп саўап алыў менен бирге, мине усындай шайтанлардың ең үлкен исин бузған боламыз.
Кейинги ўақытларда шаңарақлық айырылысыўлар той қарсаңындағы артықша шығымлар, мебел сыяқлы материаллық тәреплерине де байланыслы болып атырғаны уўайымға саларлық жағдай. Тойдағы дәбдебе ҳәм ысыраплар нәтийжесинде қарызға батыў ямаса шүкирсизлик пенен шаңарақлар бузылып атырғаны үлкен мүсийбет.
Адамлар арасын дүзеў дегенде адасқан адамларды туўры жолға баслаў да түсиниледи. Себеби айырымлар «мениң билгеним туўры» деп ойлап, қәте түсиник ҳәм итиқадда жүреди. Дөгерегимиздеги усындай адамларды туўры жолға баслаўымыз оғада үлкен саўап екени ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген:
«Аллаҳға ант болсын, сиз себепли бир адамның ҳидаят табыўы қызыл түйелерге ийе болыўыңыздан жақсырақ» (Имам Бухарий рәўияты).
Адамлардың арасын дүзеў, дүзеўшиниң дәрежесин бийикке көтереди. Бул жөнинде салафи салиҳлардан бири айтқан:
«Ким ибадатшыл инсанлардың дәрежесине ерисежақ болса, адамлардың арасын дүзесин ҳәм олардың арасына душпанлық ҳәм жек көриўшилик салмасын».
Имам Аўзаий раҳимаҳуллаҳ айтады:
«Аллаҳ таалаға ең жағымлы қәдем – еки инсан арасын жарастырыў жолында басылған қәдем. Ким еки адам арасын жарастырса, Аллаҳ таала оны дозақтан азат қылыўын жазады».
Сейдуллаев Адилбек, Мойнақ районы «Ҳәким ата» жоме мешити имам хатиби.