Фото

Қуран жарысына дизимнен ѳтиў даўам етпекте

10 Январь, 2018 1305

Қарыйлар арасында ѳткерилетуғын жарысқа дизимнен ѳтиў даўам етпекте. Жарысқа 20 жастан 40 жасқа шекем болған Ѳзбекстан Республикасы пуқаралары қатнасыўы мүмкин.

Ҳәзирги күнге келип Қарақалпақстан Республикасы бойынша 74 адам дизимнен ѳтти. Ѳзбекстан Республикасы бойынша дизимнен ѳткенлер жәми 2079 адам болды.

“Жарысқа қатнасыўшыларды дизимге алыў ислери даўам етпекте. Қатнасыўды қәлеўшилер 15-январға шекем дизимнен ѳтиўи мүмкин”, деп хабар береди Қуран жарысын ѳткериў бойынша ѲМБ шѳлкемлестириўшилери.

Бүгин, 10-январь күни Ташкент қаласынан Қуран жарысын ѳткериў бойынша арнаўлы қәнигелер Нѳкис қаласына келди ҳәм Қуран жарысы тѳрешилери менен жарыс шәртлери, жарысты ѳткериў тәртиплери бойынша түсиндирме берди.

Тэглер