Бүгинги күнде Ана Ўатанымыз – Жаңа Өзбекстанда инсан қәдирин көтермелеў мәмлекет сиясатының үстем жөнелисине айланды. Елимизде кексе қатлам ўәкиллерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың денсаўлығын тиклеў, өмирлик мазмунын байытыў бойынша кең көлемли ислер әмелге асырылып атыр. Тарийх, бүгин ҳәм келешекти бирлестирген «Үш әўлад ушырасыўлары»ның әдетке айланыўы, нуранийларымыз ушын денсаўлықты сақлаў ҳәм мәденият орайларында жаратылған шәраятлар – булардың барлығы динимиз буйырған ийги әмеллердиң турмыстағы сәўлелениўи болып табылады. Ел Басшымыздың басламасы менен нураний аталарымыз ҳәм аналарымызға көрсетилип атырған бундай жоқары ҳүрметтиң астында үлкен ҳикмет бар. Өйткени, кекселер разы болған елде қут-берекет болады, олардың дуўасы менен ел-журт бәле-мәтерден аманда болады. Имам Әбиў Яъла рәўият қылған ҳәдисте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген:
«Аллаҳ(ға әсилик қылып Аллаҳтың) азабын тезлетпең. Егер араларыңызда ибадатшыл жаслар, бүкирейген ғаррылар, емизиўли нәрестелер, отлап жүрген жәниўарлар болмағанда еди, басыңызға бәлелер ағып келетуғын еди» (Имам Баззар рәўияты).
Солай екен ҳәммемиз ким яки қайсы кәсип ийеси болыўымызға қарамастан қартайған ата ҳәм апаларымыздың қәдирине жетип, оларға мийрим-шәпәәт көрсетип, сүйениш болыўымыз лазым болады. Динимиз жасы үлкенлерге ҳүрмет пенен мәмиле қылыўымызға буйырады. Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳу рәўият қылған ҳәдисте мынандай делинген: «Жасы үлкен бир адам Нәбий саллаллаҳу алайҳи ўа салламды излеп келди, адамлар оған жол бериўде кешигисип қалды. Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам:
«Кишкенелеримизге рейим етпеген ҳәм кекселеримизди ҳүрметлемеген бизден емес» – деди (Имам Термизий рәўияты).
Басқа ҳәдисте жасы үлкенлерге ҳүрмет көрсетиў, оларды қәдирлеў Аллаҳ тааланы уллылаўдан екени атап өтилген. Имам Әбиў Даўыд рәўият қылған ҳәдисте Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам айтты:
«Шаш-сақалы ағарған мусылманды, Қуранды ядлап, оннан ҳәддинен аспаған ҳәм оны тәрк етпеген (қарый) адамды ҳәм әдалатлы ҳүкимдарды ҳүрметлеў Аллаҳты уллылаў».
Демек, барлық адамлар, сол тийкардан, жаслар кекселердиң ҳүрметин, қәдирин орнына қойыўы лазым. Бундай жақсы әмел мөминликтиң белгиси, мусылманның гөззал қәсийетлеринен. Жасы үлкенлерге ҳүрмет көрсетпеген адам мине усы мүбәрек белгини өзинен жоқ қылған болады. Сондай-ақ, кекселердиң турмыслық тәжирийбелерин үйрениў, жақсы әмеллеринен үлги алыў жасларымызға өмирде сүрникпей туўры жолда жүриўине жәрдем береди. Себеби олардың өмири жаслар ушын тәрбия мектеби ўазыйпасын өтейди. Олар өмирдиң ойлы-бийигин басынан кеширген. Жас гезинде кекселерди ҳүрмет етип, оларға хызмет қылған адам, өзи де қартайғанда буның пайдаларын әлбетте көреди. Бул ҳаққында Анас ибн Мәлик разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынған ҳәдисте мынандай делинеди:
«Қайсы жигит қартайған адамды жасы ушын ҳүрмет етсе, Аллаҳ оған да қартайған ўақтында жасы ушын ҳүрметлейтуғын адамды жоллап қояды» (Имам Термизий рәўияты).
Демек, қартайғанында басқалар оны ҳүрметлеўин қәлесе, жас гезинде үлкенлерди ҳүрмет етиўи лазым. Керисинше, ким жас гезинде кекселерди ҳүрмет етпесе, қартайғанында өзи де ҳеш кимнен ҳүрмет көрмейди. Жәмәәт транспортында жүргенде, бир жерлерде нәўбетте турғанда жасы үлкенлерге орын ҳәм нәўбет бериў, қолларында жүк болса, баратуғын жерине шекем көтерисип пәтиясын алыў ҳәр биримиздиң миннетимиз.
Халқымызда бурыннан ҳәзирге шекем даўам етип киятырған көплеген шырайлы қәдириятлар бар. Сол тийкардан, ким болыўына қарамастан: таныспа, бийтаныспа, байма, жарлыма, еркекпе, ҳаялма қартайған адамға ҳүрмет көрсетиў жаслардың миннети ретинде көрилген. Жасы үлкенлерден алдын сөз басланбаған, олардан озып жүрилмеген, олардан алдын аўқатқа қол созылмаған, оларға гәп қайтарылмаған, оларға әдепсизлик қылынбаған. «Бир балаға жети аўыл ата-ана», дегениндей сол дәўирлерде жаслар аўылдың жасы үлкенлеринен нәсият алған. Демек, жаслар жасы үлкенлердиң шырайлы нәсиятларын қабыл қылыўы усындай жақсы қәдириятлардың даўам етиўи болып табылады. Өйткени, Ислам дининиң өзи де үлкенлердиң кишилерге нәсияты арқалы жетип келген. Ҳәдисте «Дин (бул –) нәсият…» делинген (Имам Мүслим рәўияты).
Динимизде ата-ананы ҳүрмет етиў, сол тийкардан қартайып қалғанында оларға жақсы мәмиледе болыў лазым екени атап өтилген. Аллаҳ таала Қуранда оларға ҳасла азар бермеў ҳәм олардың сөз ҳәм ислеринен ҳасла мәлелленбеўге буйырып, төмендегише айтады:
«Рәббиң тек Өзине ғана ибадат қылыўыңа ҳәм ата-анаға жақсылық етиўге буйырды. (Ҳәй инсан!) Егер алдыңда олардан биреўи яки екеўи де қартайса, онда оларға «уф!..» – деме, оларға жекиринбе! Оларға (удайына) жақсы сөз айт! Екеўине мийирманлық пенен хорлық қанатыңды пәслет ҳәм (дуўаларыңда): «Я Рәббим! (Олар) мени нәрестелигимде тәрбиялағанындай, Сен де оларға рейим қыл!» – деп айт» (Исро сүреси, 23-24-аятлар).
Имам Әбиўл Баракат Насафий усы аяттың тәфсиринде айтады: «Аяттағы: «Оларға (удайына) жақсы сөз айт!» делингенинен ата-ананы аты менен шақырмаў, оларды «әкежан», «анажан» сыяқлы жақсы сөзлер менен жас баладай абайлап мәмиле қылыў, оларды ренжитетуғын гәплерди айтпаў, олардың алдында өзин кемтар тутыў кибилерди түсиниў керек» («Мәдәрикүт тәнзил» китабы).
Дана халқымыз инсан инсанға ғанимет дейди. Расында, бизлер ушын ата-бабаларымыз, нураний кексе ата-аналарымыз бизлердиң барлығымыз, байлығымыз, дәўлетимиз. Олардың өмири де ғанимет екенин аңлап жетиўимиз дәркар. Ғаррылар қәдирленген шаңарақ ҳәм үлкеде бәрқулла меҳир-ақыбет, қут-берекет ҳәм тынышлық-қәтережамлық болады.
Сөзимиздиң ақырында соны айтыўымыз керек, жас әўладтың тәрбиясы сиз ҳәм биздиң мойнымызға жүкленген. Перзент тәрбиясындағы ең әҳмийетли тәреп гөззал үлги болыў. Яғный, биз үлкенлер жас әўладқа ҳәр тәреплеме шырайлы үлги болыўымыз керек. Өйткени, халқымыз айтқанындай: Қус уясында көргенин қылады». Шырайлы өрнек көрсетиў ушын өзгелерге пайда келтиретуғын, жақсы мәмилели, басламашыл, ўатан сүйгиш, қалыс болыўымыз лазым.
Садиков Абдураззақ, Мойнақ районы «Қарақум ийшан» жоме мешити имам-хатиби.