9-январь күни «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» мәмлекетлик бағдарлама жойбары 2018.strategy.uz сайтында улыўмахалық додалаўына усынылды.
Бағдарлама 237 бәнттен ибарат. Итибарлы тәрепи сонда, жойбардың 219-бәнтинде 2018-жылда «Қуран тиләўаты бойынша I халықаралық фестивалды шѳлкемлестириў» де белгилеп қойылған.
Фестивалды ѳткериў мүддети 2018 жыл 10 июль деп белгиленген. Халықаралық Қуран тиләўаты фестивалының ѳткерилиўи орны Бухара ўәлаяты деп кѳрсетилген.
Жарыстың мақсет ҳәм ўазыйпаларына ислам дининиң негизги маңызын жәҳән жәмийетшилигине түсиндириў, уқыплы Қарыйларды түрли номинациялар бойынша хошаметлеў, жәмийетшилик ҳәм де жаслардың мәнаўий-мәрипий жетикликке ерисиўге кѳмеклесиў, Ѳзбекстанның бай тарийхый, диний мийрасы ҳәм естеликлерин сырт ел саяхатшыларына кѳрсетиў нәзерде тутылған.
Соны да айтып ѳтиў керек, ҳәзирги күнде журтымызда 3-басқышлы Республика қарыйлар жарысы ушын дизимнен ѳтиў болып атыр. Республика қарыйлар жарысының финал басқышы апрел айында ѳткерилиўи режелестирилген.
Еслетип ѳтемиз, Ѳзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Ташкент ўәлаятында халық депутатлар ўәлаят Кеңесиниң нәўбеттен тыс сессиясында үш басқышда ѳткерилиўи режелестирилип атырған Қураны кәрийм жарысына тоқталып, «Қураны кәриймди есите алсақ, еситтире алсақ, елимизге нур келеди», деп тәкидлеген еди.