Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов пайтахтымыздағы «Шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф» жоме мешитинде жума намазын оқыды.
Онда жума тезисине тийкарланып «Өзгениң ҳақынан қорқайық» темасында баянат жасады. Баянаты даўамында бүгинги күндеги жәмийетимизде ушырап турған алдаўшылық ҳәрекетлери, динимиз де алдаўшылықтан қайтарғаны, елимиздеги тынышлық, қәтержамлық ҳәм пәрәўанлықтың қәдирине жетиў, миссионерлик ҳәрекетлериниң жаман ақыбетлери мазмунында айтып өтти. Жума намазы соңында елимиздиң тынышлығы ҳәм қәтержамлығын сорап дуўалар қылынды.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.