Фото

«Жаңа Өзбекстанның тынышлық ҳәм руўхыйлық үгит-нәсиятлаўшылары» атамасындағы көшпели иләж Төрткүл районында өткерилди

17 Июль, 2025 308

«Жаңа Өзбекстанның тынышлық ҳәм руўхыйлық үгит-нәсиятлаўшылары» басламасына тийкарланып Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм Дин ислери бойынша комитети менен биргеликте өткерилип киятырған әмелий илажлардың гезектегиси 2025-жыл 17-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районында өткерилди. Илажды Қарақалпақстан мусылманлары қазыятының қазысы Бахрамаддин Разов басқарып барды.

Онда исши топар ағзалары Төрткүл районындағы 10 мешит, 13 мәҳәллеге бириктирилди. Олар өзлерине бириктирилген мәҳәлле аймағынан 100 шаңараққа кирип, усы жерде жасап атырғанлардың ҳал-жағдайынан хабар алды, жасаў шараятлары менен жақыннан танысты. Олардың машқалаларын үйренди, пикир-усынысларын тыңлады. Имам-хатиблер 10 категорияға тийисли 100 шаңараққа руўхый-ағартыўшылық, үгит-нәсият ҳәм әмелий жәрдем илажларын алып барды.

Соның ишинде, тыныш емес, жәнжелли 4 шаңарақ үйренилип, оларға «Шаңарақтың муқәддеслиги, Перзент тәрбиясы» мазмунында нәсиятлар берилди;

- 4 ажырасыў алдында турған шаңарақ ағзалары менен ушырасып, перзентлердиң ата-анадағы ҳақлары, социаллық жетимликтиң унамсыз ақыбетлери ҳаққында түсиндириў жумыслары алып барылды.

- жат идеялар тәсириндеги 2 пуқара менен ушырасып, экстремизм ҳәм терроризм ҳәрекетлериниң жаман ақыбетлери ҳаққында түсиниклер берилди.

- 43 кем тәмийинленген шаңараққа қәўендерлердиң жәрдеми менен азық-аўқатлық өнимлеринен материаллық жәрдемлер көрсетилди. Олардың арасынан жәрдемге мүтәж шаңарақларға турақлы материаллық жәрдемлер бериў жумыслары режелестирилди.

- ишкиликке берилген 8 пуқара менен ушырасып, бул иллеттиң динимизде қатты қараланыўы, барлық жаманлықлардың себепшиси екенлиги түсиндирилип, саламат турмыс тәризине қайтыў бойынша усыныслар берилди.

- жаза мүддетин өтеп келген 3 пуқарадан хабар алып, елимизде алып барылып атырған реформалар, атап айтқанда Инсан қәдири уллылығы ҳаққында түсиндириў жумыслары алып барылды.

- майып ҳәм наўқас пуқаралар жасайтуғын 22 шаңараққа кирилип, олардың ҳал-жағдайлары менен танысты, 1 нәгиранға қәўендерлер көмеги менен найыплық арабашасы берилди.

- сапар даўамында өмир тәжирийбесине ийе, көпти көрген, жасы үлкен 9 нураный ата ҳәм аналарымыздың ҳалынан хабар алынып, елимиз тынышлығы, қәтержамлығы ҳәм халқымыздың абаданлығын тилеп пәтия етилди.

- қәўендерлер көмеги менен шын жетим балаларға 2 турақ жай салынып, пайдаланыўға берилди.

- 5 шаңарақ ағзаларына көркем-әдебий ҳәм илимий китаплар берилди.

Сондай-ақ, мешитлер әтирапында абаданластырыў ҳәм тазалаў жумысларын алып барыў, реже тийкарында жумыс ҳәм ҳүжжет жүргизиў, жәмәәтти басқарыў, мешитти таза ҳәм азада сақлаў, онда қолайлы шараятлар жаратыў тәреплери де үйренилди. Исши топар ағзалары өзлерине бириктирилген мешитлерде песин намазын оқып, жыйналғанларға «Тынышлық бахыты, шүкиршилик, илим алыў пазыйлети, жат идеялар тәсиринен сақланыў, миссионерлик ҳәрекетлериниң унамсыз ақыбетлери» сыяқлы әҳимийетли темаларда баянатлар жасады.

Илаж жуўмағында әмелге асырылған жумыслар талқыланып, Төрткүл районындағы мешитлердиң жумысын буннан былай да раўажландырыў бойынша көрсетпе ҳәм усыныслар берилди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер