Фото

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Нөкис қаласы «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешитнде жума намазын оқыды

11 Июль, 2025 297

Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов пайтахтымыз Нөкис қаласындағы орайлық «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешитнде бүгинги жума тезисине тийкарланып, «Сыйқыр ҳәм палкерлерге исениў, жәмийетте аўызбиршиликти буызыўшы иллет!» темасында баянат жасады. Баянаты даўамында елимиздеги тынышлық, қәтержамлық ҳәм пәрәўанлықтың қәдирине жетиў, перзент тәрбиясы, терроризм, экстремизм ҳәм миссионерлик ҳәрекетлерине қарсы гүресиў бойынша да айтып ѳтти.

Жәмәәт пенен ушырасыўда бүгинги күнде елимиздеги әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге өзимиздиң үлесимизди қосыў ҳәм елимиздиң тынышлығы, қәтержамлығы ушын дуўалар қылды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Тэглер