Фото

Москвалы муслима Қуранның ески нусхасын 45 миллионға долларға сатпады

09 Январь, 2018 1249

Москвада жасаўшы Анашка Ҳажымурадова исмли муслима ҳаял, қайтыс болған атасының буйымлары арасынан XVI әсирге тийисли Сурияда исленген Қураны Кәриймниң ески нусхасын таўып алды. Алдын, ҳаял бул қолжазбаны ким асырды саўдасына қоймақшы болды. Себеби, бул жүдә қымбатлы тарийхый естелик екенин әтираптағылар түсиндирди, делинеди Лайф телеканалындағы сюжетте.

“Биз еки түрдеги экспертиза тексериўинен ѳткердик ҳәм Қуранның XVI әсирге тийислилиги ҳаққында анық билдик. Ол жерде ҳәттеки, қолжазба қашан ҳәм ким тәрепинен жазылғаны ҳаққында мағлыўматнама да бар. Лондонда маған усы нусха ушын 12 млн усыныс етти. Кейинирек, баҳасы кѳтерилип 45 млн АҚШ долларға шекем жетип келди”, дейди Анашка.

Лекин, бул ўақытқа келип муслима Қуранды сатыў пикиринен қайтты. Ол дин ҳәм илаҳий китап арқалы пул ислеў бахыт келтирмейди деп есаплады ҳәм Қураны кәриймниң усы нусхасын мешитке ҳәдия етти.

Анашка айтады: “Пул, байлық бахыт келтирмейди. Мен китапты сатыў пикиринен қайттым ҳәм оны мешитке ҳәдия еттим. Бул жерде Қуран жақсы сақланады. Мен, мениң ақлықларым, ағайинлерим бул жерге қәлеген ўақытта келип бул китапты кѳриўи, оннан пайдаланыўы мүмкин. Мешит хызметкерлери усы нусханың жүдә жақсы сақланғанынан ҳайран қалды. Ол жүдә жақсы сақланған болып, оны арқайын оқыў мүмкин”.

Тэглер