Ҳәммеге мәлим, динимизде спиртли ишимликлерди ишиў қатаң тәризде қадаған етилген. Спиртли ишимликлерди ишиўдиң ҳүкими – ҳарам.
Жақында, 4-январь күни https://www.sciencealert.com/ сайтында спиртли ишимликлердиң адам генине жаман тәсири ҳаққында мақала жәрияланды.
Мақалада айтылыўынша: «Кембриж университети МРК молекуляр биологиясы лабораториясынан алынған изертлеўлер нәтийжесине кѳре, ол ДНК ға үлкен тәсир ѳткереди».
Аллаҳ таала ҳарам еткен ҳәр бир нәрсе, қурыдан қуры ҳарам болып турғаны жоқ, негизинде ҳәр бириниң астында ѳзине тән бир ҳикмет жатады.
«Спиртли ишимликти ишип ҳеш кимге зыян бермей жүрсе ҳеш нәрсе қылмайды ғой», деп ойлайтуғынлар Европалы алымлардың бул изертлеўлерине итибарлы қараўы лазым, себеби бул ҳарам ишимлик бизде зыянын кѳрсетпегени менен ДНК арқалы перзентлеримизге үлкен тәсирин кѳрсетиўи мүмкин екен.
Ингилис тилиндеги мақаланы толық оқып кѳриўди қәлегенлер тѳмендеги силтеме арқалы ѳтиўи мүмкин: https://webcache.googleusercontent.com/search?q=cache:UIAFft0rDgoJ:https://www.sciencealert.com/alcohol-damages-dna-stem-cells-cancer-acetaldehyde+&cd=1&hl=ru&ct=clnk&gl=uz