Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разовтың мешитлердеги жаратылған шараятлар, әтирапындағы тазалық, абаданластырыў жумыслары менен жақыннан танысыў ушын Мойнақ районында хызмет сапарында болғаны ҳаққында социаллық тармақлар арқалы алдын хабар берген едик.
Бүгин, қазы райондағы орайлық «Тоқпақ ата» жоме мешитинде болып, жәмәәт пенен ушырасты, «Қәлбиң Аллаҳта, қолың мийнетте болсын!» темасында баянат жасады. Баянаты даўамында елимиздеги тынышлық, қәтержамлық ҳәм пәрәўанлықтың қәдирине жетиў, бүгинги күнде миссионерлик ҳәрекетлерине қарсы гүресиў ҳәм оның жаман ақыбетлери бойынша айтып ѳтти.
Жәмәәт пенен ушырасар екен, елимиздеги ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге ѳзлеримиздиң үлесимизди қосыў, жаслар тәрбиясы, перзенлеримизге илим үйретиў, ҳадал кәсип ийелеўге қызықтырыўымыз кереклиги ҳаққында айтып ѳтти ҳәм Жума намазынан соң елимиздиң тынышлығы, қәтержамлығы ушын дуўалар қылды.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.