Фото

Нәўбеттеги көшпели семинар Мойнақта өткерилди

22 Май, 2025 770

Дин ислери бойынша комитет ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты менен биргеликте имам-хатиблердиң жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў бойынша көшпели семинар бүгин ҳүкиметимиз дыққат итибарында болған, республикамыздың алыс аймағында жайласқан Мойнақ районында шөлкемлестирилди. Районындағы орайлық «Тоқпақ ата» жоме мешитинде Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов басшылығында тараў хызметкерлери, мәҳәлле баслықлары ҳәм ҳажылардың қатнасында мәжилис өткерилип, көшпели илажда әмелге асырылатуғын жумыслардың көлеми түсиндирилди.

Исши топар ағзалары Мойнақ районының 3 мешити ҳәм 9 мәҳәллесине бириктирилди. Олар өзлерине бириктирилген мәҳәлле аймағынан 100 шаңараққа кирип, сол жерде жасап атырғанлардың ҳал-жағдайынана хабар алды, жасаў шараятлары менен жақыннан танысты ҳәм сәўбетлести. Олардың машқалалары үйренилип, пикир-усыныслары тыңланды. Имам-хатиблер 10 категорияға тийисли 100 шаңараққа руўхый-ағартыўшылық, үгит-нәсиятлаў ҳәм әмелий жәрдем илажларын алып барды.

Сондай-ақ, мешитлер әтирапында абаданластырыў ҳәм тазалаў жумысларын алып барыў, ис жүритиў, жәмәәтти басқарыў тәреплери де үйренилди.

Исши топар ағзалары өзлерине бириктирилген мешитлерде песин намазын оқып, жыйналған қәўимге, «Тынышлық бахты. Шүкиршилик. Илим алыў пазийлети. Жат идеялар тәсиринен сақланыў. Миссионерлик ҳәрекетлериниң унамсыз ақыбетлери» сыяқлы әҳмийетли темаларда баянатлар жасады.

Илаж соңында әмелге асырылған жумыслар талқыланып, Мойнақ районының имам-хатиблериниң руўхый-ағартыўшылық, мешит басқарыўындағы жумысларына көрсетпе, усыныслар берилди ҳәм алдағы жумысларында табыслар тиледи.

Б.АББАЗОВ, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хызметкери.

Тэглер

Садақа