Фото

Уламаларымыз Самарқанд ўәлаятындағы илимий-әмелий конференцияда қатнаспақта

30 Апрель, 2025 1387

Усы жылдың 29-30-апрель күнлери Самарқанд қаласында «Мотуридийлик - кеңпейиллик ҳәм ағартыўшылық тәлийматы» атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция өткерилмекте. Онда 20 дан аслам мәмлекеттен жетпистен аслам улама ҳәм илимпазлар, халықаралық шөлкемлердиң басшылары, муфтийлер, белгили уламалар ҳәм илимий изертлеўшилер қатнаспақта.

Усы илаж шеңберинде Бирлескен Араб Әмирлигиндеги Мусылман данышпанлары кеңесиниң бас хаткери Муҳаммад Абдуссалом, Мыср Араб Республикасы Вақф ислери министри Усама Азҳарий, Мыср Араб Республикасы муфтийси Муҳаммад Назир Айяд, Түркия Дин ислери басқармасы ўәкиллери, Қырғызстан муфтийси Шайх Абдулазиз Закиров, «Ҳинд уламалары жәмийети» президенти Маўлано Маҳмуд Маданий сыяқлы Ислам әлеминиң абырайлы шахслары ҳәм де Иордания, Қазақстан, Тәжикстан, Россия, Малайзия, Германия, Бразилия, Уллы Британия, Корея, Индонезия, Халықаралық әнжуманда 20 дан аслам мәмлекеттен 70 тен аслам уламалар, абырайлы исламтаныўшы илимпазлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, мотуридия изертлеўшилери, тарийхшы қәнигелер ҳәм диний-ағартыўшылық тараўының ўәкиллери қатнаспақта.

Бүгин, 30-апрель күни Самарқанд қаласындағы «Hilton Samarkand Regency» мийманханасында «Мотуридия - кеңпейиллик, турақлылық ҳәм ағартыўшылық тәлийматы» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция басланды.

Әнжуман даўамында қатнасыўшылар уллы бабамыз Имам Мотуридийдиң илимий мийрасы, мотуридия тәлийматының мәниси ҳәм усы сыяқлы әҳмийетли мәселелерди додалайды.

Бул абыройлы конференцияға бәрше ўәлаятлардың бас имамлары, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов, Нөкис Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты директоры Жалалатдин Абдираззақов, Нөкис қаласы «Аллаҳ берди Азиз» жоме мешити имам-хатиби Ахмет Якупов ҳәм Нөкис Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний орта арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы Айдос Якуповлар қатнаспақта.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер