Усы жылдың 21-22-апрель күнлери Беруний, Төрткүл ҳәм Елликқала районларында диний тараўда хызмет етип атырған атынайылар қатнасында “Билимдан атынайы” көрик таңлаўы өткерилгени ҳаққында хабар берген едик.
29-апрель күни Төрткүл районы музыка мектебинде Беруний, Төрткүл ҳәм де Елликқал районлары жеңимпазлары өз ара беллести. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ўәкили Х.Ибрагимова, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы орынбасары А.Джолаушиев, ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қазы жәрдемшиси Т.Юлдашевалар қатнасты.
Беллесиўде атынайылар елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жаслар тәрбиясы, ажырымлардың алдын алыў, бәрше тараўлардағы унамлы өзгерис ҳәм жетискенликлерди халқымызға жеткериў шеберлиги, жаслар арасында тынышлық ҳәм қәтержамлықтың қәдирине жетиў, дүньяда болып атырған өзгерислер, жүз берип атырған кеўилсиз ўақыялардың тийкарғы себеплерин дурыс үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ қатнасыўшылардың сиясий жақтан да саўатлылығы инабатқа алынды.
Таңлаў қызғын пикирлерге бай түрде ҳәм көтериңки руўхта өткерилди ҳәм 1-орын Төрткүл районы бас имам-хатибиниң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша жәрдемшиси Хужаниязова Олмажон, 2-орын Беруний районы бас имам-хатибиниң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша жәрдемшиси Қурбанбаева Энажан ҳәм 3-орын Төрткүл районы атынайысы Норматова Зулайҳалар республика басқышының жеңимпазлары деп табылды. Жеңимпазлар Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен диплом, алғыснама ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.