Фото

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Хожели районында хызмет сапарында болды

02 Май, 2025 1426

Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов мешитлердеги жаратылған шараятлар, әтирапындағы тазалық, абаданластырыў, қурылыс-ремонт ҳәм бәҳәр мәўсимине таярлық жумыслары менен жақыннан танысыў ушын Хожели районындағы «Пирим ийшан ҳәм Муҳаммад Карим» мешитлеринде болды.

Сапар даўамында райондағы «Муҳаммад Карим» мешитиндеги қурылыс ҳәм ремонт жумыслары менен жақыннан танысты, қурылысшыларға ҳарымасын айтып, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен миннетдаршылық билдирди.

Орайлық «Пирим ийшан» жоме мешитинде «Исламда сапар ҳәм мүсәпирлик әдеплери» темасында баянат жасады. Баянаты даўамында елимиздеги тынышлық, қәтержамлық ҳәм пәрәўанлықтың қәдирине жетиў, перзент тәрбиясы, терроризм, экстремизм ҳәм миссионерлик ҳәрекетлерине қарсы гүресиў бойынша да айтып ѳтти.

Жәмәәт пенен ушырасыўда бүгинги күнде елимиздеги әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге ѳзлеримиздиң үлесимизди қосыў, перзенлеримизге илим үйретиў, ҳадал кәсип ийелеўге қызықтырыў, елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиўимиз кереклиги ҳаққында айтып ѳтти ҳәм елимиздиң тынышлығы, қәтержамлығы ушын дуўалар қылды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Тэглер