Фото

Үлгили имам-хатиб Ҳажға жибериледи

08 Январь, 2018 1278

Ҳаж сапарына барыўшыларды таңлаўда әдалатлы болыў, жәмәәтшилик пикирин үйрениў, сондай-ақ, ҳажға барыўшыларды таңлаў тәртибин еле де тәртиплестириў мақсетинде Министрлер кеңесиниң 2017-жыл 28-декабрдеги “Ҳаж ҳәм Умраны шѳлкемлестириў ҳәм ѳткериў тәртиби туўрысындағы нызамға ѳзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў туўрысында”ғы қарары қабыл етилген еди. Оған кѳре алдын ҳажға барған пуқара қайта ҳажға жиберилмейди.

Сондай-ақ, Умра зыяратына бармақшы болған пуқара соңғы еки жыл даўамында Умра яки соңғы бес жыл даўамында Ҳажға бармаған болыўы керек. Бул кѳпшилик ўатанласларымыздың әдалат пенен нийетлерин әмелге асырыўға хызмет етеди.

Ҳажға баратуғынларды таңлаў ислери бул ҳаж мәўсиминен 5 ай алдын басланады. Ҳажға баратуғынларды мәҳәлле пуқаралар жыйыны кѳлеминде таңлап алыў ушын пуқаралардың ѳзин ѳзи басқарыў органларында район ҳәкими тәрепинен 7 адамнан ибарат қурамында исши топар дүзиледи. Исши топар район бас имамы, мәҳәлле имам, мәҳәлле баслығы, диний-мәрипат ҳәм мәнаўий-қулқый тәрбия мәселелери бойынша мәсләҳәтши, профилактика инспекторы, ҳаял-қызлар комитети ҳәм “Нураный” қорының ўәкиллеринен қуралады. Адамлар усы исши топар тәрепинен сәўбеттен ѳткериледи ҳәм мүнәсип таңлап алынады.

Ҳаж ҳәм Умра мусылманлар ушын ең муқаддес зыярат. Ол жерге барыў жоқары нийет. Шешимге киргизилген ѳзгерис ҳәм қосымшаларда бул тәреплер айрықша итибар берилип, адамларға бир қатар талаплар қойды. Солардан, адамлар ҳаж әмеллерин туўры ҳәм толық ислей алыўы ушын жетерли диний билимге ийе болыўы, мәнаўиятлы, әдеп-икрамлық пенен мәҳәлледе итибарлы, шаңарағындағы орталықтың саламатлығы ҳәм балаларының жақсы минезлемеси, мәҳәлледеги саламат орталықты қәлиплестириўде ѳрнек бола алыўы, жолдан азғанларды саламат орталыққа қайтарыўда уқыплы болыўы, мәҳәлле илажларында жақсы қатнасқан болыўы.

Бәрше талапларға жуўап беретуғынлар бойынша 15 күн даўамында жәмәәтшилик пикири үйрениледи. Олар тәрепинен билдирилген пикир ҳәм сынлар 5 күн мүддетте кѳрип шығылады.

Шешимде жәмийеттеги социал орталықты және де саламатластырыў ҳәм де мәҳәллелердеги жолдан адасқанларды саламат итиқадға қайтарыўда айрықша ѳрнек кѳрсеткен имам-хатиблердиң имтиязлы ҳалда Ҳаж сапарына барыўға усыныс етилиўи нәзерде тутылған.

Тэглер