Фото

Муҳаммад аты Австрияда ең кѳп қойылған атлар үшлигине кирди

08 Январь, 2018 1472

Муҳаммад аты Австрия пайтахты Венада жаңа туўылған гѳдеклерге ең кѳп қойылып атырған атлар ишинде 3-орынға шықты. Бул ҳаққында Kronen Zeitung хабар етти.

“Бул рәсмий тастыйықланған: 2017-жылда ул балаларға ең кѳп қойылған атлар – Александр ҳәм Максимилиан болды, Муҳаммад аты 3-орынды ийеледи”, делинген газетадағы хабарда.

Тәкидлениўинше, бунда Муҳаммад атының Муҳамад, Муҳаммет, Моҳамад, Муҳаммад ҳәм Муҳаммед киби түрлише жазылыўлары есапланған.

Wiener Zeitung баспасы гѳдеклерге қойылған атлар бойынша анық мағлыўматларды келтирип ѳтти. 2017-жылда Венада 175 Александр, 161 Максимилиан ҳәм 159 Муҳаммад деген гѳдеклер дүньяға келди. Сондай-ақ, ул балаларға ең кѳп қойылған атлар беслигинен Даўыт (151) ҳәм Филип (137) атлары орын алған.

Қыз гѳдеклерге берилген атлар арасында София 183 гѳдекке, Сара 173-гѳдекке ҳәм Анна 142 гѳдекке қойылған.

Тэглер