Фото

Қуран жарысын ѳткериў бойынша шѳлкемлестириўшилердиң жыйналысы болып ѳтти

08 Январь, 2018 1244

6-январь күни Ѳзбекстан мусылманлары басқармасында Қуран жарысын ѳткериў бойынша жыйналыс болып ѳтти.

Жыйналыста бүгинге шекем исленген ислер додаланды ҳәм алдыңға қойылған режедеги ислерге келисип алынды.

Жыйналыста Абдулҳаким қарый Матқулов сѳзге шығып, ҳүрметли Президентимиздиң 2017-жыл 1-сентябрь күни «Ҳәзирети Имам» комплексинде Қуран жарысын ѳткериў бойынша берген кѳрсетпелери ҳәм усы жѳнелистеги диний басқарма баслықлары берген тапсырмалардың орынланыўы бойынша мағлыўмат берилди.

Жыйналыста журтымыз бойлап дизимге алыў ислериниң даўам етип атырғаны, 22 тѳрешини тайынлаў бойынша ис алып барылғаны, қатнасыўшыларды дизимге алыў ҳәм басқа да таярлықлар бойынша тѳрешилер журтымыз бойлап сапарға шыққаны, жарыс баннерлери ҳәм нышанлары ислеп шығылғаны, булар интернет арқалы жарытылып барылып атырғаны айтылды.

Тэглер