Имам-хатиблердиң жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша нәўбеттеги әмелий илаж усы жылдың 6-февраль күни Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Баҳрамаддин Разовтың басшылығында Тақыятас районында болып өтти.
Мақсет имам-хатиблердиң руўхый-ағартыўшылық ҳәм мешитти басқарыў бағдарларындағы жумысын жақыннан үйрениў, олар менен биргеликте үлгили илажлар өткериў, оларға әмелий жәрдем ҳәм мәсләҳәтлер бериўден ибарат.
Исши топар ағзалары ҳәм имам-хатиблер өзлерине бириктирилген мәҳәллениң 70 тен аслам жәрдемге мүтәж, машқалалы шаңарақларына кирип, олардың ҳал-жағдайларынан хабар алды, сәўбетлести, пикир-усынысларын тыңлады. Ѳзгелер жәрдемине қатты зәрүр болғанларының материаллық тәмийнатынан хабардар болып турыў режелестирилди.
Сондай-ақ, топар ағзалары өзлерине бириктирилген орайлық «Сары ийшан», «Муҳаммад Мурат ийшан» ҳәм де «Кетменши» мешитлеринде песин намазын оқып, жыйналған жәмәәтке «Тынышлық ҳәм қәтержамлық. Шаъбан айы пазыйлети. Жас әўлад тәрбиясы. Жат идеялар тәсиринен сақланыў. Миссионерликтиң жаман ақыбетлери» усаған әҳмийетли темаларда баянатлар жасады.
Илаж соңында райондағы имам-хатиблердиң руўхый-ағартыўшылық ҳәм мешит басқарыўындағы жумыслары қанаатланарлы деп табылды ҳәм олардың алдағы ўақыттағы жумысларына табыс тилеп, дуўалар қылынды.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты