Фото

Бухара Ислам мәденияты пайтахты болады

06 Январь, 2018 1384

2007 жыл Ташкент қаласы Ислам бирге ислесиў шѳлкеминиң (ISESCO) «Пән, тәлим ҳәм мәденият» бѳлими тәрепинен Ислам мәденияты пайтахты деп жәрияланған еди.

Ислам бирге ислесиў шѳлкеми ҳәр жылы мусылман мәмлекетлериндеги 3 қаланы Ислам мәденияты пайтахты деп жәриялайды. Олардан биреўи араб мәмлекетлеринен, екиншиси Азия ҳәм үшиншиси Африкадағы мусылман мәмлекетлериндеги қалалардан биреўи болады.

Шѳлкемниң мәденият министрлери IX Ислам конференциясы тәрепинен 2020 жылда Бухара, Каир (Мысыр) ҳәм Бамако (Мали) қалалары Ислам мәденияты пайтахты сыпатында тастыйықланған.

Негизинде Бухара бир неше әсирлер даўамында Ислам мәденияты пайтахты болып келген. Оның «Қуббатул Ислам», яғный «Ислам гүмбези» деп аталғаны да қурыға емес. Шѳлкем тәрепинен бул қаланың Ислам мәденияты пайтахты деп тән алыныўы әсирлер даўамында бул қала ҳәм оннан шыққан алымлардың Ислам цивилизациясына қосқан үлеслериниң және бир мәрте тастыйығы есапланады.

Дерек muslim.uz сайты

Тэглер