Соңғы жаңалықлар
-
КЕЎИЛ БИЛДИРЕМИЗ
27 Fevral, 2021207
-
«Мискин баба» мешитиниң жаңа имаратының ашылыў мǝресими болды
22 Fevral, 2021462
-
Онлайн: Муфтий ҳǝзиретлери халық аралық конфренцияда қатнаспақта
20 Fevral, 2021423
-
Хош хабар: Республикамызда «Қарақум ийшан» мешити ѳз жумысын баслады
19 Fevral, 2021572
Сораў жуўаплар
Ўа алайкум ассалам. Ибн Масъуд разыяллаҳу анҳудың қызларына Ўақыя сүресин ядлатып қойғаны ҳаққындағы ҳәдисте, қырық күн делинбеген, ҳәр күни кеште, делинген.
Ҳаял-қызлар жағдайы болған күнлери Қуран оқыўы жайыз емес.
Ҳәдиси шәрийфте: "Ким Ўақыя сүресин ҳәр күни кеште оқыса, жарлылық ҳәм мүтәжлик көрмейди", делинген.
Ўа алайкум ассалам. Бузылмайды.
Ўа алайкум ассалам. Абдуррасул, деп қойыў дурыс емес. "Расул"дың өзин қойыўға болады. Мәниси, елши, дегени.
Ўа алайкум ассалам. Аллаҳ таала арақты ҳарам етиўиниң тийкарғы ҳикметлериниң бири сиз айтып турған жағдай. Арақ ҳәм тағы басқа сол қатары ишимликлер инсаниятқа үлкен зыян алып келеди.
Сиз мудамы Аллаҳ таалаға дуўада болың, әсиресе дуўа қабыл болатуғын ўақытлары. Үмит пенен, илтижа қылып соралса, әлбетте қабыл болады. Сабыр-тақатты беккем услаң.
Ўа алайкум ассалам.
1. Сол күни аўыз жабыў дуўасын оқымаған болсаңыз да, ораза тутпақшы екениңизди кеўлиңизден өткерген болсаңыз, сол жетерли, сол күнги оразаңыз дурыс болады.
2. Танысыңыз қәте айтыпты. Рамазан ҳайытының ертеңинен баслап ораза тутыўға болады.
Ўа алайкум ассалам. Ҳайыттан кейин үш күн ораза тутыўға болмайды деген гәп Қурбан ҳайытына тийисли, Рамазан ҳайытының ертеңинен баслап ораза тутыўға болады.
Ўа алайкум ассалам. muslim.uz islom.uz сайтларында бар.
Ўа алайкум ассалам. Шәўўәл айы оразасы тек Шәўўәл айында тутылады. Шәўўәл айы 21-Июньға шекем даўам етеди. Бул ораза нәпил, яғный ықтыярый.
Ўа алайкум ассалам. Әдетте намаздан кейин тиләўат етилип, сол тиләўаттың саўабы өткенлерге бағышланады.
Ўа алайкум ассалам. Азан айтқанда көрсеткиш бармақлар қулақ ишине киргизип турылады.