Соңғы жаңалықлар
-
КЕЎИЛ БИЛДИРЕМИЗ
27 Fevral, 2021207
-
«Мискин баба» мешитиниң жаңа имаратының ашылыў мǝресими болды
22 Fevral, 2021462
-
Онлайн: Муфтий ҳǝзиретлери халық аралық конфренцияда қатнаспақта
20 Fevral, 2021423
-
Хош хабар: Республикамызда «Қарақум ийшан» мешити ѳз жумысын баслады
19 Fevral, 2021572
Сораў жуўаплар
Ўа алайкум ассалам. Ҳәдиси шәрийфте үш нәрсени кешиктирмеў ҳаққында айтылған, солардан биреўи, разы болынған бир жерден саўшы келгенде қызды узатыўды кеширтирмеў керек екени айтылған.
Палкер ҳәм соған уқсасларға барыў шәриятымызда қатаң тәризде қадаған етилген, егер алдын барып қойған болса, билгенинен кейин тәўбе етиўи зәрүр.
Аллаҳ таалаға ықлас пенен дуўа етиўде даўамлы болың, әсиресе, дуўалар қабыл болатуғын ўақытларда, бес ўақыт намаздан кейин истиғфар айтып кейин дуўалар қылсаңыз, иншаАллаҳ қабыл болады.
Ўа алайкум ассалам.
1. Жайнамазда намаз оқыў шәрт емес. Таза бир орамал, таўар яки гилемниң үстинде оқысаңыз да болады, итибар берилетуғын тәрепи пәклик. Қолдан таўарлар арқалы жайнамаз тигип алсаңыз да болады.
2. Таң намаздың ўақты таң атқаннан Қуяш шыға баслағанша аралық. Усы ўақыттың ишинде оқылады.
3. Болады.
Ассаламу алайкум.
1. Қаза намазлардың тек парызы оқылады. Қаза намаз ушын азан ҳәм тәкбир айтылады. Бир неше қаза намазларды оқымақшы болсаңыз, онда бир азан ҳәм ҳәр бириниң алдында тәкбир айтылады.
2. Қаза намаздың тек парызы оқылады. Таң намаз қаза болғанда, сол күни қуяш қыямға келемен дегенше қазасын оқысаңыз, онда сүннетиниң де қазасы қосып оқылады.
3. Салаўаттан кейин оқысаңыз болады яки намаздан кейин оқысаңыз болады.
4. Бул ҳаққында сайтта, каналда көп мәртелеп жазылды, излеў хызметинен пайдаланың.
Ўа алайкум ассалам. Усындай деп айтыў ҳәдислерде келген.
Ўа алайкум ассалам. 1. Фатиҳа, аят ал курсий, ихлас, фалақ ҳәм нас сүрелерин оқып жатыўыңыз жетерли. 2. Әъуўзу менен бисмилләҳ ҳәр бир сүрениң басында оқылады. Егер ҳәммесин избе из оқып атырған болсаңыз, басында бир мәрте әъуўзу оқылады, кейин ҳәр бир сүрениң басында бисмилләҳ оқылады.
Ўа алайкум ассалам. Сабыр-тақат пенен ҳәрекетте болың! Ҳарам нәрселерден, ҳарам ислерден аўлақ болың. Ибадатларыңыздан кейин Аллаҳ тааладан дуўа етип жақсылықты сораң. 2. Тысаў кестириўдиң жол ашылыўға байланысы жоқ.
Ўа алайкум ассалам. Мешит имамларына хабарласың!
Ўа алайкум ассалам. Мурын қанаўы оразаны бузбайды. Бирақ ишке кетип қалмаўы керек.
Ўа алайкум ассалам. Қаза оразаны имканиятыңызға қарап кейинлеў тутыўыңызға болады.
Ўа алайкум ассалам. Еки мәселеде де сиз туўры қылғансыз. Рамазан оразасында сәҳәрликке тура алмай қалғанда, даўам етип тутып кете бериў керек.
Рамазан ҳайытының ертеңинен баслар ораза тутыўға болады.