Соңғы жаңалықлар
-
2021 (ҳижрий 1442) жылғы закат нысабы, питир садақасы ҳǝм фидя муғдары белгиленди
9 Aprel, 2021315
-
Кем тǝмийинленген шаңарақларға қайырқомлық жǝрдеми берилди
6 Aprel, 2021363
-
ХОШ ХАБАР: РАМАЗАН АЙЫНДА 1370 ТЕН ЗЫЯТ МЕШИТТЕ ХАТЫМ ҚУРАН БОЛАДЫ
2 Aprel, 2021569
-
«Вақф» фонды ҳǝм Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Республикамыздағы 21 аймақта ишимлик суўын шығарады
31 Mart, 2021240
Сораў жуўаплар
Ўа алайкум ассалам. 1. Ҳәжетке кирип шыққанда суўға нажасат түспесе, ол суўдан пайдаланыўға болады. 2. Ҳәдден көп суў ислетиў мәкруҳ болады. Бул жерде суўды үнемлеўге шақырық бар, 3,5 литр суўдан көп ислетиў мүмкин емес делинбеген.
Ўа алайкум ассалам.
1. Аллоҳуммәғфир ләнә... дуўасын айтсаңыз болады.
2. Оның намаз қабыл болыўына байланысы жоқ.
3. Таҳәратты әдеп пенен алыў керек. Суўды шашыратыў мәкруҳ.
4. Ҳүжжет қабыл етиў басланды. Телеграм каналымызда қалай ҳүжжет тапсырыў кереклиги хабарланды, соннан көриң.
Ўа алайкум ассалам. Муҳаммад ал Беруний медресесинде Қуран оқып үйрениўди қәлеўшилер ушын үш айлық курс бар. Бирақ ҳәзирде пандемия себепли басқа оқыў орынлары киби бул да ўақтынша тоқтатылған. Иншааллаҳ, ҳәмме нәрсе бурынғыдай орын-орнына түскеннен кейин биймәлел келип үйрениўиңизге болады.
Ўа алайкум ассалам.
1. Ўақтында оқыған болсаңыз, сол жетерли.
2. Намаз бузылмайды.
3. Тәкбирлерди өз орнында айтыў керек. Намазда тәкбирлерди алмастырып қойыў, намазды бузбайды, бирақ тәрки сүннет болады.
4. Үйиңиздегилер туўры айтыпты. Адамнан шыққан тырнақ, шаш ҳтб лар топыраққа көмиледи.
Ўа алайкум ассалам. Бундай ислер алдаўшылық, делинеди. Ҳәммеге мәлим, мусылманшылықта алдаўшылық ең аўыр гүналардан.
Ўа алайкум ассалам. Мусылман болып дүньядан өткен болса, истиғфар айтыўға, истиғфардың саўабын бағышлаўға болады.
Ўа алайкум ассалам. 1) Мәкруҳ болады, намаз бузылмаған. 2) Аяқ астында қалмаўы керек.
Ўа алайкум ассалам. Мүлк сүреси жүдә пазыйлетли сүрелерден. Бул сүрени ядлап, оқып жүргенге, бул сүре шәпәәтши болыўы ҳаққында ҳәдиси шәрийфте айтылған, Пайғамбарымыз алайҳиссалам ҳәр күни уйқыға жатпастан алдын усы сүрени оқыған. Сондай-ақ, Пайғамбарымыз алайҳиссалам бул сүре ҳәр бир мөминниң қәлбинде болыўын қәлер едим, деген.
Ўа алайкум ассалам. Баланың басына зыян жеткермейтуғын нәрсе менен алынады.
Ўа алайкум ассалам. Әдетте қуптан нааздан кейинги нәпил намазлар таҳажжуд болады. Ҳәжет намазы әдетте Шемби күни сәҳәр ўақтында оқылады.